Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.01.2022 13:44
  • 729

Ҳәким жәрдемшилери рәсмий түрде жумысларына киристи

Ҳәким жәрдемшилери рәсмий түрде жумысларына киристи
Аймақларда ҳәким жәрдемшилери кешеги күннен баслап рәсмий түрде өз жумысларына киристи. Бул ҳаққында Мәҳәллелер кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги хабар берди, - деп жазбақта «Xabar.uz».

Атап өтилиўинше, мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери лаўазымына сайлап алынған талабанлар 2022-жылдың 10-январынан баслап өзлерине бириктирилген мәҳәллелерде хызмет ўазыйпаларын атқарыўға кирисиўи ҳаққындағы буйрықлар тастыйықланған болып, бул тийисли тәртипте жәрияланады.

Еслетип өтемиз, Президент Шавкат Мирзиёев өткен жылдың сентябрь айында Қарақалпақстандағы сайлаўшылар менен ушырасыўында елимиздеги 422 мәҳәлледе ҳәким жәрдемшилери лаўазымы енгизилиўи ҳаққында мәлим еткен еди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет