Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.01.2022 15:57
  • 859

Бала тәрбиясы менен бәнт болған ҳаялларға мийнет стажы қосылады

Бала тәрбиясы менен бәнт болған ҳаялларға мийнет стажы қосылады
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының улыўмалық мәжилисинде «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы және Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

Нызам жойбарына муўапық, әмелдеги нызамшылыққа төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилиўи нәзерде тутылған:

- балалықтан майыплығы болған балаларға 18 жасқа шекем қараған дәўирин мийнет стажына қосып есаплаў;
- баланы тәрбиялаў ўақтының ҳәммесин жәмлегенде көби менен 6 жыллық дәўирди мийнет стажына қосып есаплаў;
- бағыўшысын жоғалтқаны ушын берилетуғын пенсия төлемлерин марҳумның қараўындағы перзентлерине олар 18 жасқа (егер улыўма орта билим бериў мәкемеси, академиялық лицей ҳәм жоқары оқыў орнында оқып атырған болса, 23 жасқа) толғанға шекем төлеў;
- республика аймағында карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер тарқалыўы қәўпи болғанда пенсия алыў ҳуқықы жүзеге келген пуқаралар усы илажлар (шеклеўлер) дәўиринде ямаса жуўмақланғаннан соң бир ай ишинде пенсия тайынлаўды сорап мүрәжат еткен жағдайда оларға пенсияны оны алыў ҳуқықы пайда болған сәнеден тайынлаў.

Сондай-ақ, нызам жойбарына Чернобыль АЭСтеги авария ақыбетинде майыпланыў ямаса кеселлик ақыбетинде III топар майыплығы болған адамларға майыплық пенсиясын тайынлаў тәртиби де киргизилген.

Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилген усы нызам жойбары он күн ишинде Сенатта көрип шығыў ушын жибериледи. Нызам Сенат тәрепинен де мақулланса, тастыйықланыў ҳәм жәрияланыўы ушын Президентке жибериледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған