Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.01.2022 16:53
  • 660

Қарақалпақстанда еки жыл даўамында қырғаўылларды аўлаў қадаған етилди

Қарақалпақстанда еки жыл даўамында қырғаўылларды аўлаў қадаған етилди
Қарақалпақстан Республикасы аймағында 2022-2023-жылларда қырғаўылларды аўлаў қадаған етилди. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңесиниң «Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарында атап көрсетилген.

Соның менен бирге, қарарға муўапық тийисли жуўапкерлерге:

- қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қоймаў жумысларын күшейтиў;

- қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қойған шахсларға әмелдеги нызамлар тийкарында ҳәм белгиленген тәртипте тийисли илажлар көриў;

- қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлап, базарларда сатылыўын қадаған етиў бойынша анық ис-илажлар ислеп шығыў;

- қырғаўылларды қорғаў бойынша ведомостволық қадағалаў ҳәм олардың жасаў шараятын жақсылаў жумысларын алып барыў;

- қырғаўыллардың бас санын анықлаў мақсетинде тийисли уйымлар менен биргеликте жыллық есабын жүргизиў ҳәм биологиялық илим-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў;

- қырғаўыллардың бас саны бойынша ҳәр шерек жуўмағы менен Министрлер Кеңесине мағлыўмат берип барыў сыяқлы ўазыйпалар жүклетилди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...