Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.01.2022 10:58
  • 598

Хожели ҳәм Бозатаўдағы алыс аймақ турғынлары ишимлик суўы менен тәмийинленеди

Хожели ҳәм Бозатаўдағы алыс аймақ турғынлары ишимлик суўы менен тәмийинленеди
Елимизде «Инсан қәдири ушын» деген идея тийкарында әмелге асырылып атырған реформалар халқымыздың жасаў шараятының жақсыланыўы, турмыс абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте.

Әсиресе, Қарақалпақстанда соңғы жыллары халықты сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў ушын әмелге асырылып атырған жумыслар жаңа басқышқа көтерилмекте.

Быйылғы 2022-жылы да республикамыздың алыс аймақларында жасайтуғын пуқараларымыздың ишимлик суўына болған талапларынан келип шығып бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылыўы белгиленген.
Хожели ҳәм Бозатаўдағы алыс аймақ турғынлары ишимлик суўы менен тәмийинленеди
Хожели районы «Қумжыққын» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Амангелди ҳәм Шортанбай елатлы пунктлеринде 2022-жылы ишимлик суўы тармағын тартыў бойынша қурылыс жумыслары алып барылады. «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖның хабар бериўинше, усы аймақларда улыўма 6,7 километрлик ишимлик суўы тармағын жаңадан тартыў жобаластырылған.

Бозатаў районы «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Ағеден елатында жасайтуғын жүзден аслам хожалықлар көп жыллардан берли бир орында жайласқан баспа краннан суў ишип отырған еди.
Хожели ҳәм Бозатаўдағы алыс аймақ турғынлары ишимлик суўы менен тәмийинленеди
Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, усы аймақтағы хожалықларды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң арнаўлы жойбары тийкарында аймақтағы суўды душшыландырыў станциясында улыўма баҳасы 1 миллиард 240 миллион сумлық ири қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Қурылыс жумыслары март айында жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылыўы жобаластырылған.
Хожели ҳәм Бозатаўдағы алыс аймақ турғынлары ишимлик суўы менен тәмийинленеди

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған