Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.01.2022 17:10
  • 1916

Қарақалпақстандағы тарийхшы илимпазлар ҳәм профессор-оқытыўшылар Ерназар Алакөз ҳаққындағы жазылған пикирлерге қандай мүнәсибет билдирди?

Қарақалпақстандағы тарийхшы илимпазлар ҳәм профессор-оқытыўшылар Ерназар Алакөз ҳаққындағы жазылған пикирлерге қандай мүнәсибет билдирди?
Усы жылдың 21-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде республикамыздағы жоқары оқыў орынларының тарийхшы профессор-оқытыўшылары менен тарийхшы илимпазлар қатнасыўында пикир алысыў болып өтти.

ҚМУ баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, илажда Рустамбек Шамсутдинов, Шоди Каримов, Уктамжон Убайдуллаевлар авторлығындағы «Шарқ» баспасында 2010-жылы ҳәм кейинги нусқасы 2016-жылы баспадан шыққан «Vatan tarixi» оқыў қолланбасында уллы тарийхый тулғаларымыздың бири болған Ерназар Алакөз бабамыз туўралы келтирилген надурыс пикирлер тарийхшы илимпазлар тәрепинен талықланды.

Қарақалпақстан тарийхшы илимпазлары жоқарыдағы мәселелер бойынша өз мүнәсибетин билдирип, қызғын пикир алысыўлар болды.
Қарақалпақстандағы тарийхшы илимпазлар ҳәм профессор-оқытыўшылар Ерназар Алакөз ҳаққындағы жазылған пикирлерге қандай мүнәсибет билдирди?
Бул китапта тийкарсыз жазылған пикирлердиң ҳеш қандай тарийхый дәреклерге тийкарланбағанлығы, бул авторлар қарақалпақ халық батыры Ерназар Алакөз ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болмастан, билдирилген пикирлер надурыс екенлигин тарийхшы илимпазлар дәлиллеп, анық мағлыўматлар менен атап өтти.

Пикир алысыўда бир қатар усыныслар берилди:

«Vatan tarixi» қолланбасы авторларына Ерназар Алакөз ҳаққында билдирилген пикирлерин қайта көрип шығыў ҳәм усы пикирлерин тарийхый ҳүжжетлерге тийкарланған ҳалда сапластырыў;

Қарақалпақстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынларында усы авторлардың «Vatan tarixi» қолланбасын оқытыў процеси, сондай-ақ, китап ҳәм оның электрон версиясын мәлимлеме-ресурс орайларынан алып тасланыўы усыныс етилди.

Сондай-ақ, пикир алысыўда Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынлары бойынша тарийх пәнинен жаңадан оқыў қолланбаларын таярлаўда республикамыздағы тарийхшы профессор-оқытыўшылар ҳәм илимпазлар белсене қатнасып, өз пикирлерин берип барыўы керек екенлиги де көрсетип өтилди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2010-жылы баспадан шығып, жоқары оқыў орынлары, университетлер ҳәм педагогикалық институтлардың тарийх факультетлери ушын ислеп шығылған «Vatan tarixi» китабының екинши басылымында қарақалпақ халық батыры Ерназар Алакөзге «Қозғалаңның басында қарақалпақ бийлеринен Алакөз лақаплы Ерназар деген шахс турған. Ол әзелден жаўыз ҳәм ҳәдден тыс иши қара шахс болған» деп тәрийп берилгенлиги социаллық тармақларда кескин пикир-таласларға, наразылықларға себеп болған еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...