Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.02.2022 15:24
  • 1445

Студентлер ҳәм оқыўшылардың қысқы демалыс мүддетин өзгертиў бойынша Президент пәрманының жойбары ислеп шығылды

Студентлер ҳәм оқыўшылардың қысқы демалыс мүддетин өзгертиў бойынша Президент пәрманының жойбары ислеп шығылды
Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен ислеп шығылған Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде тәлим алыўшылардың ҳәр жылғы қысқы демалысы ҳаққында»ғы пәрманының жойбары додалаўға қойылды.

Пәрман жойбарында атап өтилиўинше, Өзбекстан Республикасы профессионал билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары ҳәм жоқары оқыў орынлары студентлериниң ҳәр жылғы қысқы демалысын декабрь айының ақырғы он күнлиги ҳәм январь айының биринши он күнлиги аралығында етип белгилеў усыныс етилмекте.

Бунда билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик басқарыў уйымлары шараятлардан келип шығып оқыўшы ҳәм студентлерге демалыс бериў мүддетин өзгертиў ҳуқықына ийе екенлиги қосымша етилген.

Пәрман жойбарында қысқы демалыс басланыўынан 10 күн алдын билетлердиң толық баҳасынан 50 процентлик шегирме төлеми тийкарында республика ишинде ҳәрекетленетуғын тез жүрер және жолаўшы (жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын поездлар ҳәм барлық жолаўшы поездларының СВ, ВИП вагонлары буған кирмейди) поездларына, сондай-ақ, жергиликли авиарейслерге билетлер сатылыўы жолға қойылатуғынлығы атап өтилген.

Соның менен бирге, оқыўшы ҳәм студентлердиң жөнелисли қалалар аралық автобус қатнаўы арқалы ҳәрекетлениўи ушын да жеңилликли билетлер шығарыў механизми енгизиледи.

Сиз төмендеги көрсетилген силтеме арқалы усы пәрман жойбары бойынша өз пикир ҳәм усынысларыңызды жоллаўыңызға болады.

Силтеме: https://regulation.gov.uz/uz/d/56581

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет