Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.02.2022 15:11
  • 600

Контракт төлеў мүддети 1-мартқа шекем узайтылды

Контракт төлеў мүддети 1-мартқа шекем узайтылды
Көпшилик абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары, сондай-ақ, жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң мүрәжатларын есапқа ала отырып, Республикалық билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының тийисли қарарына муўапық, 2021-2022-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери студентлери және оқыўшыларының оқыўы ушын контракт муғдарын төлеўдиң соңғы мүддети 2022-жылдың 1-март күни етип белгиленди. Бул ҳаққында ЖОАБМ мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, бул мүддет төмендегилер:

- төлемли контракт тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелерине студентликке (магистратура, бакалавр) усыныс етилгенлер;
- төлемли контракт тийкарында профессионал билимлендириў мәкемелерине (техникум, колледж) оқыўшылыққа усыныс етилгенлер;
- еселенген төлемли контракт («супер контракт») тийкарында студентликке усыныс етилгенлер;
- оқыўы көширилген (көширип тикленген) ҳәм қайта тикленген студентлер ушын әмел етеди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.