Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.02.2022 17:56
  • 552

Пуқараға оқымаған болса да «права» алып бериўди ўәде еткен уста қолға алынды

Пуқараға оқымаған болса да «права» алып бериўди ўәде еткен уста қолға алынды
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармалары тәрепинен Ишки ислер министрлиги менен биргеликте өткерилген оператив илажда «Автомотоҳәўескерлер» УК Нөкис филиалының үйретиўши устасы О.Б. пуқара Д.ның исенимине кирип, оған филиалда оқымаған болса да оқығанлығы ҳаққында мағлыўматнама берип, имтиханлардан өткерип қойыў арқалы транспорт басқарыў гүўалығын алып бериў ушын 2,3 миллион сумды алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен қолға алынған.

Бул ҳаққында департаменттиң баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28-, 211-статьясы (пара бериў) тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған