Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.02.2022 16:01
  • 544

Ферғанадан Бозатаўға алты мың түп мийўе нәллери саўға етилди

Ферғанадан Бозатаўға алты мың түп мийўе нәллери саўға етилди
Бозатаў районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мақсетинде районға Ферғана ўәлаяты исбилерменлери бириктирилип, ўәлаят ҳәкими ҳәм басқа да жуўапкерлери тәрепинен районның ишки имканиятлары үйренилип шығылған еди.

Бозатаўдың боз топырағы бағшылықты раўажландырыўға оғада қолайлы екенлиги ҳәм ўәлаяттың топырақ өнимдарлығына сәйкеслиги себепли, усы тараўды раўажландырыў ушын Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери ўәлаятлық Кеңеси ҳәм Қува районы ҳәкимлиги тәрепинен Бозатаў районына 6000 түп мийўе нәллери саўға етилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Алып келинген алма, алмурт, ерик, қәрели, шабдал, шийе, бийи, анар, ғоза сыяқлы мийўе нәллериниң ең жоқары сортларын отырғызыў мүддетлери ҳәм тәрбиялаў технологиясы ўәлаяттың бул бағдарда үлкен тәжирийбеге ийе болған жетик исбилерменлери тәрепинен толық түсиндирилди.
Ферғанадан Бозатаўға алты мың түп мийўе нәллери саўға етилди
Ферғанадан Бозатаўға алты мың түп мийўе нәллери саўға етилди
Ферғанадан Бозатаўға алты мың түп мийўе нәллери саўға етилди

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.