Telegram karinform

Сиясат

  • 16.12.2017 18:40
  • 2443

Қазақстанлы сенатор порнографиялық сайтларға тыйым салыўда Өзбекистаннан үлги алыў кереклигин айтты



Қазақстан Парламенти Сенатының ағзасы Мурат Бақтиярулы KazNetтиң қадағалаўға алатуғын тәреплери көп екенлигин, әсиресе, тармақтағы порнографиялық сайтларға тыйым салынғанына қарамастан, еле жумыс алып барып атырғаны жөнинде айтып өтти, деп хабар бермекте Baq басылымы.
Сенатор порнографиялық сайтларды пүткиллей қадаған етиўде Өзбекистанның тәжирийбесин пайдаланыўды усыныс еткен.
«Интернетте елеге шекем шешилмеген мәселелер бар. Мәселен, порнографиялық сайтлар оғада көп. Олар ашық формада жумыс ислемекте. Қараўға адам уялады. Бирақ, оларға оқыўшылар, студентлер еркин кирип атыр. Бундай сайтларға Өзбекистандағы сыяқлы пүткиллей тыйым салыў керек. Өзбекистанда бундай ҳәрекет ушын жынайы жуўапкершилик белгиленген. Бизде де усы тәжирийбени қолланыўға дыққат аўдарыў керек», - деп усыныс билдирген сенатор ҒХҚ ҳаққындағы нызамды талқылаў процессинде.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...