Telegram karinform

Экономика

  • 10.02.2022 11:49
  • 984

Хорезм ўәлаятын Қарақалпақстан менен байланыстыратуғын көпир қурылысының барысы ҳаққында мағлыўматлар берилди

Хорезм ўәлаятын Қарақалпақстан менен байланыстыратуғын көпир қурылысының барысы ҳаққында мағлыўматлар берилди
«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң «Көпирқурылыс» трести» унитар кәрханасының қәнигелери тәрепинен Хорезм ўәлаятын Қарақалпақстан Республикасы менен байланыстыратуғын, Әмиўдәрья үстинен өтетуғын жаңа темир жол ҳәм автомобиль жолы қоспа көпирин қурыў жумыслары жеделлик пенен даўам еттирилмекте.

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бүгинги күнге шекем жойбарда көрсетилген 80,2 километрлик участкада жоба тийкарында жолшылар тәрепинен улыўма жер жумыслары жуўмақланды. Ҳәзирги ўақытта қурылыс майданына 115 заманагөй техника ҳәм 240 қа шамалас қәниге бириктирилген.
Хорезм ўәлаятын Қарақалпақстан менен байланыстыратуғын көпир қурылысының барысы ҳаққында мағлыўматлар берилди
Қәнигелер тәрепинен «Шовот-Гүрлен-Жумыртаў-Қойбақлы» темир жол линиялары аралығында улыўма 4514,20 мың куб метр көтерме топырақ жумысларынан 4059,4 мың куб метр (94 процент) жумыс көлеми әмелге асырылды. Улыўма 80,2 километр темир жол излерин жатқарыў жумыслары 14,2 километрге (16 процент) орынланды. Жасалма суў өткериў объектлери конструкциялары ислеп шығылып, улыўма 233 жасалма суў өткериў объектлеринен 162 синде (69 процент) қурылыс-монтаж жумыслары әмелге асырылды. Темир-бетон көпирлерден биреўи қурып питкерилип, төртеўинде қурылыс-монтаж жумыслары жүргизилмекте.

Мағлыўмат ушын, жойбарға муўапық дәслеп Қараөзек районынан Әмиўдәрья ҳәм Гүрлен районлары арқалы Шовот районына шекемги улыўма узынлығы 80,2 километр болған темир жол линиясын қурыў және усы аралықтағы 3 қорғалатуғын ҳәм 24 қорғалмайтуғын темир жол кесилиспесин қурыў белгиленди. Сондай-ақ, 4 автожол өткергиши, 9 көпир және 25 адамға мөлшерленген бир, 50 адамлық еки темир жол вокзалын қурыў, және бир темир жол ҳәм автомобиль жолы қоспа көпири және басқа да темир жолға техникалық хызмет көрсетиў имаратлары менен объектлерин қурыў белгиленген.
Хорезм ўәлаятын Қарақалпақстан менен байланыстыратуғын көпир қурылысының барысы ҳаққында мағлыўматлар берилди
Хорезм ўәлаятын Қарақалпақстан менен байланыстыратуғын көпир қурылысының барысы ҳаққында мағлыўматлар берилди
Тийкарғы қоспа көпирдиң узынлығы 413 метр болып, ени 8 метр, ҳәр бир аралығы 66 метрден ибарат болады. Жойбар бойынша 7 сүтин ҳәм 6 аралық болады. Ҳәзирги ўақытта дәрьяның еки жағасында да қурылыс жумыслары жеделлик пенен алып барылмақта. Шеп ҳәм оң жағалаўда болажақ объекттиң сүтинлери басқышпа-басқыш орнатылмақта. Итибарлы тәрепи, 7 сүтинниң ҳәр бирине 35 қубыр қағылып, жер бетинен 38 метр тереңликке шекем орнатылған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны