Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.02.2022 13:24
  • 619

Автомобиль басқарыўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын балл системасы енгизиледи. 12 баллдан өтип кеткенлерге қатаң шара қолланылады

Автомобиль басқарыўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын балл системасы енгизиледи. 12 баллдан өтип кеткенлерге қатаң шара қолланылады
Бүгин, 11-февраль күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилип атырған видеоселектор жыйналысында мәмлекет басшысы тәрепинен транспорт басқарыўшыларының жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыўда төленетуғын қамсызландырыў төлемин жәрийма балларынан келип шығып белгилеў тәртиби енгизилетуғынлығы атап өтилди.

Шавкат Мирзиёев Жол ҳәрекети қағыйдалары бирқанша ескиргени, халықаралық стандартлар тийкарында жаңадан ислеп шығылыўы кереклигин көрсетип өтип, буннан былай ҳәр бир ҳуқықбузарлық ушын жәрийма баллары системасының енгизилиўин мәлим етти. Мәселен, транспорт басқарыўшысы тезликти арттырса – 1 балл, қызыл шырақта өтсе – 3 балл есапланады. Егер бир жылда қағыйда бузыўшылықлар улыўма 12 баллдан өтип кетсе, транспорт басқарыўшысы автомобиль басқарыў ҳуқықынан айрылады.

Сондай-ақ, автомобильди тәртипсиз басқарып, басқа транспорт басқарыўшыларына кесент етиў ушын айрықша жол бийзарылығы деген жаңа жуўапкершилик түри киргизиледи.

Мәмлекет басшысы тәрепинен атап өтилиўинше, 2021-жылда республика бойынша 95 мың транспорт басқарыўшысы 5 мәртеден көп, 9 мың басқарыўшы 20 ға шекем, 700 басқарыўшы 50 ге шекем, 18 транспорт басқарыўшысы 100 ге шамалас қағыйда бузыўшылықты әмелге асырған.

Жыйналыста транспорт басқарыўшыларын таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм оларды имтиханнан өткериў системасы түп-тийкарынан қайта көрип шығылатуғынлығы да атап өтилди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған