Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.02.2022 14:13
  • 619

Президент өткен жылы жүз берген жол-транспорт ҳәдийселериниң себеплерин атап өтти

Президент өткен жылы жүз берген жол-транспорт ҳәдийселериниң себеплерин атап өтти
Бүгин, 11-февраль күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилип атырған видеоселектор жыйналысында мәмлекет басшысы аянышлы жол-транспорт ҳәдийселерин статистикалық мағлыўматлар тийкарында сынға алды.

Жүргизилген анализлерге қарағанда, авариялардың:

- 45 проценти транспорт басқарыўшыларының қағыйдаларды менсинбеўи;
- 10 проценти транспорт басқарыўшыларының тәжирийбесизлиги;
- 25 проценти жолдың жағдайы ҳәм инфраструктурасының талапқа жуўап бермейтуғынлығы;
- 20 проценти пиядалардың қағыйдаларға әмел етпеўиниң ақыбетинде жүз бермекте.

«Жоқарыдағы машқалалардың барлығы ҳәм социаллық, ҳәм экономикалық, ҳәм қәўипсизлик мәселелерине тиккелей байланыслы. Сонлықтан, 2022-жылда барлық аймақларда «Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда» улыўма миллий бағдарламасын әмелге асырамыз», - деп айтып өткен Президент.

Атап өтилиўинше, 2021-жылда анықланған 7,7 миллион ҳуқықбузарлықтың 46 проценти турпайы түрде қағыйда бузыўшылық жағдайлары болып есапланады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған