Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.02.2022 11:22
  • 640

Колледж ҳәм техникум оқыўшылары ушын стипендия енгизилиўи күтилмекте

Колледж ҳәм техникум оқыўшылары ушын стипендия енгизилиўи күтилмекте
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Профессионал билимлендириў системасын жаңа басқышқа көтериў бойынша реформаларды жеделлестириў ҳәм кәсиплик көнликпелерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды.

Қарар жойбарына муўапық, дуал билимлендириў түрин енгизген профессионал билимлендириў мәкемелерине ишки имканиятынан келип шығып оқыўшылар ушын стипендия ямаса материаллық хошаметлеўлер енгизиў ўәкиллиги бериледи. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев өз каналында мәлим етти.

Буның ушын мәкеме өзиниң тийисли бойсыныўындағы министрлик ямаса шөлкем менен келисиўи керек болады.

Қаржыларды билимлендириў мәкемелериниң өзи төмендегилер есабынан бийғәрез түрде қәлиплестириўи мүмкин болады:

- бос болған оқыў ханалары, өндирислик устаханаларын оқыў курсларын шөлкемлестириў, өним ислеп шығарыў ҳәм хызметлер көрсетиў ушын 5 жылға шекемги болған мүддетке ижараға бериў;
- мәкемениң оқыў-әмелият процесинде ислеп шығарылған өнимлерин (хызметлерин) презентация етиў ҳәм сатыў.

Профессионал билимлендириў мәкемелерине өз шөлкемлестириўиндеги жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерди шөлкемлестириў ҳуқықы бериледи.

Стипендия ажыратыў тәртибин Қаржы министрлиги менен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2022-жыл 1-августқа шекем ислеп шығыўы көрсетип өтилген.

Қарар жойбары менен көрсетилген силтеме арқалы танысыўыңыз ҳәм пикир-усынысларыңызды билдириўиңиз мүмкин: https://regulation.gov.uz/oz/d/56858

Karinform.uz

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған