Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.02.2022 15:55
  • 785

Мектеплердеги кешки илажларға педагог хызметкерлер ҳәм оқыўшыларды мәжбүрий қатнастырыў қадаған етиледи – ХБМ

Мектеплердеги кешки илажларға педагог хызметкерлер ҳәм оқыўшыларды мәжбүрий қатнастырыў қадаған етиледи – ХБМ
Өзбекстан Халық билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, соңғы ўақытларда айырым аймақларда муғаллимлерди мектеплерде сабақтан тыс кешки ўақытларда ҳәр қыйлы мәдений-ағартыўшылық илажларына қатнастырып атырғаны ҳаққында көплеген мүрәжатлар келип түспекте.

Атап өтилиўинше, мектеплерде оқыў процесинен тысқары ўақытларда өткерилип атырған бул илажлар жәмлеспеген ҳәм оқыў менен бәнт болмаған (18-30 жас) жасларға арналған болып, оларды шөлкемлестириўге Жаслар ислери агентлиги, соның ишинде, мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери жуўапкер етип белгиленген.

Бунда Халық билимлендириў министрлигине мектеп инфраструктурасынан (китапхана, спорт зал, компьютер ханалары, илажлар өткериў залы) нәтийжели пайдаланыў ҳәм мектеплердиң мәҳәлле ушын «руўхыйлық орайы»на айланыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүклетилген.

Жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда Халық билимлендириў министрлиги барлық аймақлық басқармаларға усы илажларға мектеп администрациясы, педагог хызметкерлер ҳәм мектеп оқыўшыларын мәжбүрий қатнастырыў қатаң түрде қадаған етилгенлигин мәлим етти.

Сондай-ақ, министрлик Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарарына муўапық, халық билимлендириў хызметкерлерин хызмет миннетлемеси менен байланыслы болмаған жумысларға қатнастырыў қатаң қадаған етилгенин және бир мәрте еслетип өткен.

Усы қарар тийкарында жоқарыдағы талапларды бузған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары тийисли жуўапкершиликке тартылыўы белгиленгенлиги қосымша етилген хабарда.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...