Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.02.2022 16:53
  • 14423

Қарақалпақстанда 52 орта арнаўлы мағлыўматқа ийе муғаллим жоқары оқыў орынларына мақсетли қабыллаў параметрлери тийкарында студентликке қабыл етилди

Қарақалпақстанда 52 орта арнаўлы мағлыўматқа ийе муғаллим жоқары оқыў орынларына мақсетли қабыллаў параметрлери тийкарында студентликке қабыл етилди
Мәмлекетлик комиссия тәрепинен жоқары педагогикалық мағлыўматқа ийе болмаған, мектепте муғаллим сыпатында жумыс алып барып атырған ҳәм «Педагогика» тәлим бағдарларына ҳүжжет тапсырған муғаллимлер ушын жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқыў ушын Өзбекстандағы аймақлар кесиминде улыўма 500 мақсетли орын белгиленген болып, соннан Қарақалпақстан Республикасындағы орта арнаўлы мағлыўматқа ийе муғаллимлер ушын 40 орын ажыратылған еди.

ӨзР Халық билимлендириў министрлигиниң хабар бериўинше, 2021-2022-оқыў жылы қабыллаўында жоқары оқыў орынларының сыртқы билимлендириў түри бойынша «Педагогика» тәлим бағдарларына имтиханға қатнасқан муғаллимлердиң мағлыўматлары қәлиплестирилген болып, Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен абитуриентлер дизими олардың топлаған баллары және сайлаған тәлим бағдарлары избе-излиги бойынша анықланған.

Мәмлекетлик комиссия тәрепинен Бир неше аймақларда белгиленген соңғы өтиў орнындағы бирдей балл топлаған талабанлардың болыўы нәтийжесинде Өзбекстан бойынша улыўма 537 орын, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы ушын улыўма 52 орын болып тастыйықланды.

Студентликке усыныс етилген муғаллимлердиң дизими тийисли жоқары оқыў орынларына орнатылған тәртипте Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен жеткерилди.

Қарақалпақстан Республикасында жасайтуғын ҳәм студентликке усыныс етилген орта арнаўлы мағлыўматқа ийе муғаллимлер дизими менен төмендеги силтемедеги файлды жүклеп алыў арқалы толық танысыўыңыз мүмкин болады.

Силтеме: https://uzedu.uz/uploads/2022/02/kkr.pdf

Дизимдеги атлары келтирилген муғаллимлер көрсетилген жоқары оқыў орынларына мүрәжат етиўи соралады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған