Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.02.2022 17:27
  • 914

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри ҳәм Халық билимлендириў министри НМПИге келди

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри ҳәм Халық билимлендириў министри НМПИге келди
Бүгин, 24-февраль күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов ҳәм Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Бахтиёр Саидов Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Р.Реймов, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Б.Отемуратов ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы директоры Б.Диланов, жоқары оқыў орынлары проректорлары, факультет деканлары, кафедра баслықлары, профессор-оқытыўшылар қатнасқан ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң қәнигелери усы жылдың март айынан баслап Қарақалпақстан Республикасындағы мектеплерде жумыс алып барып атырған педагог-хызметкерлердиң қәнигелигин жетилистириў бойынша әмелге асырылатуғын жумысларға тоқталды.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри ҳәм Халық билимлендириў министри НМПИге келди
Март айынан баслап Өзбекстан көлеминде бириншилерден болып Қарақалпақстандағы халық билимлендириў тараўы педагогларының билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў мақсетинде Бозатаў ҳәм Беруний районларындағы мектеплерде НМПИ менен ҚМУдың тәжирийбели профессор-оқытыўшыларын бириктирген ҳалда мобиль методикалық топарлардың жумысларын жолға қойыў бойынша жумыслар белгиленип алынды. Мобиль методикалық топарларға тиккелей ЖОО ректорлары басшы етип бекитилип, ҳәр бир топар бир айда еки мектеп жәмәәти менен мәнзилли тийкарда жумыс алып барады, яғный педагоглар ушын еки ҳәптелик интенсив оқыўлар шөлкемлестириледи. Мектеп жәмәәтиниң билимине қарай мобиль методикалық топардың жумыслары баҳаланады.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри ҳәм Халық билимлендириў министри НМПИге келди
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри ҳәм Халық билимлендириў министри НМПИге келди
Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстандағы мектеплерде орта арнаўлы мағлыўматқа ийе 2619, улыўма категорияға ийе болмаған 18 721 педагог жумыс алып бармақта. Бул илажлар арқалы «Үзликсиз кәсиплик билимлендириў» платформасы арқалы 7 компетенция бойынша муғаллимлердиң тәжирийбеси арттырылады.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов ҳәм Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Бахтиёр Саидов, жоқары оқыў орынлары ректорлары сөзге шығып, халық билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў министрлиги бәрқулла усындай бирге ислесиўди даўам еттириўин атап өтип, буның нәтийжесинде системада орын алып атырған айырым кемшиликлер сапластырылыўына ерисиў мүмкинлигин атап өтти.

Ушырасыў өз ара пикир алысыўлар менен даўам етти.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри ҳәм Халық билимлендириў министри НМПИге келди
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри ҳәм Халық билимлендириў министри НМПИге келди

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...