Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.02.2022 10:33
  • 579

Сыртқы ислер министрлиги Украинадан Өзбекстан пуқараларын алып келиў мәселеси бойынша рәсмий мағлыўмат берди

Сыртқы ислер министрлиги Украинадан Өзбекстан пуқараларын алып келиў мәселеси бойынша рәсмий мағлыўмат берди
Өзбекстанның Польшадағы Елшиханасы тәрепинен пуқараларымызды Украинадан Польша арқалы Ўатанымызға қайтарыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги рәсмий ўәкилиниң мағлыўмат бериўинше, Польша аймағында шөлкемлестирилген топланыў орнында тийкарғы бөлеги жас баласы болған ҳаяллардан ибарат Өзбекстан пуқаралары ушын шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, көрпе-төсек, медициналық жәрдем, ыссы аўқат берилген.

2022-жыл 27-февраль күни Ташкент ўақты менен саат 16:00 ге шекем 110 ға шамалас Өзбекстан пуқарасы «Карчова» қадағалаў-өткериў пункти арқалы Польша аймағына кирди. Жақын ўақыт ишинде басқа пуқараларымыздың да шегарадан өтиўи күтилмекте. Буннан соң барлық жерлеслеримиз орайласқан ҳалда автобусларда Катовице қаласындағы аэропортқа жеткериледи, - деп жазылған хабарда.

Өзбекстанлы дипломатлар «Карчова» қадағалаў-өткериў пункти ҳәм Катовице қаласы аэропортында турақлы жумыс алып бармақта және пуқаралардың мәселелерин шешпекте. Эвакуация етилип атырған барлық жерлеслеримиз аэропорта барлық зәрүр өнимлер менен тәмийинленеди.

Ҳәр қыйлы себеплерге бола қасында ҳүжжетлери болмаған 30 Өзбекстан пуқарасына қайтыў гүўалығы жеделлик пенен рәсмийлестирип берилди.

Өзбекстан пуқараларын Польшадан Ўатанымызға қайтарыў мақсетинде «Uzbekistan Airways» АЖ самолётларының өтиўи ушын ҳаўа жолы менен тәмийинлеў мәселеси шешилди. Ҳәзирше биринши самолёттың Өзбекстанға ушыўы усы жылдың 28-февраль күнине жобаластырылған.

Буннан алдын Польша Сыртқы ислер министрлиги Өзбекстан Елшиханасының мүрәжатынан соң оғада әҳмийетли қарарды қабыл етти: Ўатанымызға қайтып киятырған Өзбекстан пуқаралары тәрепинен ҳеш қандай ПШР-сертификатларын усыныў ҳәм Польшаға кириў визасын рәсмийлестириў талап етилмейди.

Өзбекстанның Польшадағы Елшиханасы хызметкерлери:

Маруф Каримов («Карчова» қадағалаў пунктинде) - Тел.: +48 508 064 333;
Telegram: +99893 5947557.
Асқар Бекназаров («Катовице» аэропортында) - Тел.: +48 508 995 888; Telegram: +99890 1160084.
Сардор Ахматов (Елшиханада) - Тел.: +48 502 501 588; Telegram: +99894 6541010.

Karinform.uz.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған