Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.02.2022 11:05
  • 618

Ҳәким жәрдемшилерине жаңа ўәкиллик берилмекте

Ҳәким жәрдемшилерине жаңа ўәкиллик берилмекте
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жер участкаларынан пайдаланыўда мәмлекетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2022-жыл 1-марттан баслап:

- халық ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары (МПЖ) тәрепинен жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм олардан нызамға қайшы пайдаланыў жағдайлары бойынша Бас прокуратура (1007 қысқа номери) ҳәм Кадастр агентлигине (1097 қысқа номери) жиберилген фотосүўрет және видеожазыўлар нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте көрип шығылады;

- МПЖ ҳәм ҳәким жәрдемшилерине өз аймағында қурылысы басланған ҳәр қандай имарат ямаса объектлердиң нызамға муўапықлылығын анықлаў бойынша жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларына, қурылыс ҳәм кадастр уйымларына сораў жибериў ҳуқықы бериледи, бунда:

- бул сораўлар 5 жумыс күнинде мәжбүрий тәртипте көрип шығылып, қурылысы басланған имарат ҳәм объектлерге рухсат бериўши ҳүжжетлердиң болыўы ямаса болмаўы ҳаққында мағлыўмат бериледи;

- нызамға қайшы жағдайлар анықланса, мағлыўматларды бир күнлик мүддетте жер тараўында қадағалаўды әмелге асыратуғын уйымларға усынады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте