Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.02.2022 12:55
  • 601

Нөкис қаласындағы аўыр аймақ деп белгиленген жети мәкан пуқаралар жыйыны абаданластырылады

Нөкис қаласындағы аўыр аймақ деп белгиленген жети мәкан пуқаралар жыйыны абаданластырылады
Нөкис қаласындағы 7 аўыр аймақтың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, усы аймақларды абаданластырыў жумысларын шөлкемлестириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Бул ҳаққында Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев алып барды. Күн тәртибиндеги мәселе, яғный Нөкис қаласы аймағындағы «Қызылқум», «Теле орай», «Қоскөл», «Боз аўыл», «Жеке терек», «Қум аўыл» ҳәм «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйынларының социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, пуқараларға қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша мәселелер көрип шығылып, мәжилис протоколы қабыл етилди.

Жоқарыда атап өтилген 7 аўыр аймақтағы жумысларды системалы шөлкемлестириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары жуўапкер етип бириктирилди ҳәм аймақларды үйрениў жумысары баслап жиберилди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...