Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.03.2022 13:52
  • 667

Зульфия сыйлығының лауреатлары менен ушырасыў болып өтти

Зульфия сыйлығының лауреатлары менен ушырасыў болып өтти
1-март – өзбек халқының сүйикли шайыры, белгили жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исраилова дүньяға келген күн.

Сәне мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңесиниң шөлкемлестириўинде «Бәҳәр келди сени сағынып» атамасында Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары болған қарақалпақстанлы қызлар менен ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыўға профессор-оқытыўшылар, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Кешени институт ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси С.Бекчанова басқарып барды.
Зульфия сыйлығының лауреатлары менен ушырасыў болып өтти
Ушырасыўда Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары – Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы доценти, «Дослық» ордениниң ийеси Гүлбәҳәр Ақымбетова, Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика кафедрасының оқытыўшысы Айшолпан Оразымбетова, «PR Company» интерьер дизайн компаниясы қәнигеси Бийбиназ Қайыпова, ҚР Ишки ислер министрлиги хызметкери Сапура Қайыпназаровалар белгили ҳәм талантлы өзбек шайыры, шебер художник, әпиўайы инсан қәлбин тереңнен сезине алған дөретиўши Зульфия Исраилова поэзиясы бизиң жасап турған дәўиримиздиң өзине тәнлигиниң жарқын көриниси екенлигин атап өтти.

Зульфия дөретиўшилигинде ҳаял-қызлар тәғдири тийкарғы орынды ийелеп, оның мәмлекетлик турмыстағы орны үлкен әҳмийетке ийе екенлигин сәўлелендиреди. Талантлы шайыр ҳәм жазыўшы, инсан кеўил сезимлериниң билимданы болған Зульфия түрли жанрларда шығармалар дөреткен.
Зульфия сыйлығының лауреатлары менен ушырасыў болып өтти
Зульфия сыйлығының лауреатлары менен ушырасыў болып өтти
Ушырасыўда мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары Зульфия сыйлығын алыўдағы ислеген мийнетлери, дөретиўшилиги, ҳәзирги ўақытта әмелге асырып атырған жумыслары ҳаққында қатнасыўшыларға мағлыўматлар берди.

Кеше даўамында студент-жаслар шайыр Зульфияның қәлемине тийисли қосықлардан үзиндилер оқып берди.
Зульфия сыйлығының лауреатлары менен ушырасыў болып өтти

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған