Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.03.2022 12:26
  • 9447

Өзбекстан өз пуқараларын әскерий ҳәрекетлер зонасынан алып шығыў бойынша оператив жумысларды жолға қойған санаўлы мәмлекетлер қатарына кирди

Өзбекстан өз пуқараларын әскерий ҳәрекетлер зонасынан алып шығыў бойынша оператив жумысларды жолға қойған санаўлы мәмлекетлер қатарына кирди
Усы жылдың 3-4-март күнлери Украинадан Польшаның Катовице аэропорты арқалы 720 Өзбекстан пуқарасы алып келинди.

Өзбекстан Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң мәлим етиўинше, 4-март жағдайы бойынша улыўмалық есапта 11 авиарейс арқалы 2 579 жерлесимиз ўатанға қайтарылған.

Катовице аэропортынан қосымша үш рейс күтилмекте: бүгин саат 14:30 ҳәм 16:00 де және 5-март саат 03:00 де (Ташкент ўақты менен).

Польша аймағында елимиздиң 1 480 нан аслам пуқарасы қалған. Олардың 700 и Польша мәмлекетлик шегарасындағы топланыў орнына, 780 и болса Катовице аэропортына орналастырылған.

Қәнигелердиң пикиринше, Өзбекстан өз пуқараларын әскерий ҳәрекетлер зонасынан алып шығыў бойынша оператив жумысларды жолға қойған санаўлы мәмлекетлердиң қатарына кирди. Барлық алып қайтыў рейслери бийпул әмелге асырылмақта.

Польшадағы Өзбекстан Елшиханасының мағлыўматларына қарағанда, Катовице аэропорты ҳәзирги ўақытта адамлар менен толған. Дипломатларымыздың жедел ҳәрекетлери нәтийжесинде Өзбекстан пуқаралары ушын шараятлар жаратылған, атап айтқанда, олар ыссы аўқат пенен тәмийинленген. Қала ҳәкимшилиги тәрепинен аэропорт имаратына кириў ҳәм жолаўшыларды дизимге алыў ушын әпиўайыластырылған система иске түсирилген. Жәмийетлик тәртип полиция ҳәм жергиликли кеўиллилер тәрепинен қадағаланбақта. Балалы ҳаяллар ҳәм кекселер ушын арнаўлы коридор шөлкемлестирилген. Барлық пуқараларға алдын ала таярланған дизимлер тийкарында хызмет көрсетилмекте.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған