Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.03.2022 16:02
  • 781

Қарақалпақстанда 1 миллион гектарлық жер майданында «Аралқум» миллий тәбият бағы шөлкемлестириледи

Қарақалпақстанда 1 миллион гектарлық жер майданында «Аралқум» миллий тәбият бағы шөлкемлестириледи
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 4-марттағы «Тоғай қоры жерлеринде қорғалатуғын тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў менен байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 93-санлы қарары, соның менен бирге, «Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққында»ғы нызамға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районының тоғай хожалығы жерлеринде «Аралқум» миллий тәбият бағы шөлкемлестириледи.

Миллий тәбият бағының шөлкемлестириўшиси Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети болып есапланады.

Мәлим болыўынша, миллий тәбият бағының жумыслары мәмлекетлик бюджет қаржылары, бюджеттен тыс қаржылар ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қаржыландырылады.

Ҳүжжет тийкарында «Аралқум» миллий тәбият бағының улыўма жер майданы 1 миллион гектарды қурап, соннан 700 мың гектары қорықхана, 200 мың гектары рекреациялық ҳәм 100 мың гектары хожалық мақсетинде пайдаланылатуғын зоналар ушын ажыратылған.

Ҳүжжет 2022-жыл 5-марттан баслап күшке кирген.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз