Telegram karinform

Спорт

  • 11.03.2022 11:23
  • 677

Қарақалпақстанлы қызлар волейбол бойынша Өзбекстан чемпионатының екинши тур ойынларында қарсыласларына ҳеш қандай имканият қалдырмады

Қарақалпақстанлы қызлар волейбол бойынша Өзбекстан чемпионатының екинши тур ойынларында қарсыласларына ҳеш қандай имканият қалдырмады
Усы жылдың 28-февраль – 6-март күнлери аралығында Хорезм ўәлаятының Үргениш қаласында волейбол бойынша ҳаял-қызлар арасында XXIX Өзбекстан чемпионатының екинши тур ойынлары болып өтти.

Жарысқа қатнасып атырған 9 команда арасында Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасып атырған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қызлар сайланды командасы дәслепки ойында Самарқанд ўәлаяты, екинши ойында Жиззақ ўәлаяты командаларын, ал үшинши ойында майдан ийелери болған хорезмли қызларды сәйкес түрде 3:0, 3:2 ҳәм 3:0 есапларында жеңип шығып, Наманганда болып өткен дәслепки турдағы сыяқлы усы екинши турда да толық үстинликке ийе болды.

Солай етип, өткерилген еки турдың нәтийжелерине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасып атырған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қызлар сайланды командасы улыўма 21 упай менен 1-орынды ийелеп турыпты. Екинши орынды 19 упай топлаған Наманган, ал үшинши орынды 18 упай менен Әндижан ўәлаятларының командалары ийеледи.

Жарысқа спортшыларымызды спорт ветераны Азат Казаков таярлады.

Еслетип өтемиз, чемпионат май айына шекем даўам ететуғын улыўма 5 турдан ибарат болып, келеси тур ойынлары усы жылдың 1-7-апрель күнлери Әндижан ўәлаятында болып өтеди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны