Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.03.2022 15:30
  • 940

Россия ҳәм Өзбекстан арасында темир жол арқалы жолаўшы тасыў қайта тикленеди

Россия ҳәм Өзбекстан арасында темир жол арқалы жолаўшы тасыў қайта тикленеди
Тез арада Россия ҳәм Өзбекстан арасында транспорт қатнаўы толық тиклениўи күтилмекте. Бул ҳаққында ӨзА «Спутник»ке тийкарланып хабар берди.

Мәлим болыўынша, Россия транспорт министрлиги коронавирус бойынша мәмлекетлик оператив штабына «COVID-19» пандемиясы себепли халықаралық жолаўшы тасыўға енгизилген шеклеўди алып таслаў ҳаққында талапнама жиберген.

Бул тез күнлерде жақын сырт мәмлекетлер менен темир жол қатнаўы қайта жолға қойылыўы мүмкин екенлигинен дәрек береди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, буннан алдын Россия тәрепинен Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Армения, Әзербайжан ҳәм Иранға коронавирус пандемиясы себепли әмелге енгизилген шеклеўлер бийкар етилген еди.

Рейслер ҳүкиметлер аралық ҳаўа қатнаўы бойынша еки тәреплеме келисим қағыйдалары ҳәм авиация тараўының жуўаплы шөлкемлери арасында дүзилген айрықша шәртнамалар тийкарында әмелге асырылады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған