Telegram karinform

Сиясат

  • 17.03.2022 11:37
  • 747

Өзбекстан ДХР ҳәм ЛХРды тән ала ма? Сыртқы ислер министри анықлық киргизди

Өзбекстан ДХР ҳәм ЛХРды тән ала ма? Сыртқы ислер министри анықлық киргизди
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Абдулазиз Камилов Олий Мажлис Сенатының XXIV жалпы мәжилисинде Өзбекстанның Украинада жүз берип атырған ўақыяларға мүнәсибетин мәлим етти.

«Бириншиден, Украина әтирапындағы жағдай Өзбекстанда үлкен қәўетерлениў оятпақта. Екиншиден, Өзбекстан жағдайға тыныш жол арқалы шешим табыў ҳәм келиспеўшиликти сиясий дипломатиялық усыллар жәрдеминде шешиўдиң тәрептары. Буның ушын, биринши гезекте, әскерий ҳәрекетлер, күш ислетиўлер жедел түрде тоқтатылыўы зәрүр.

Өзбекстан тарийхтан ҳәм Россия Федерациясы менен, ҳәм Украина менен дәстүрий көп қырлы байланысларға ийе. Биз ҳәр еки мәмлекет пенен өз миллий мәплеримизден келип шыға отырып өзара мәплерге тийкарланған бирге ислесиўди даўам еттиремиз.

Биз бүгингидей аўыр күнлерде Украинаға гуманитар жәрдем беремиз ҳәм ҳәзирги аўыр жағдайды есапқа алып гуманитар жәрдем жибериўди даўам еттиремиз.

Өз гезегинде, Өзбекстан Республикасы Украинаның ғәрезсизлиги, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин тән алады. Биз Донецк ҳәм Луганск халық республикаларын тән алмаймыз», - деп айтып өтти Өзбекстан Сыртқы ислер министри.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет