Telegram karinform

Сиясат

  • 28.03.2022 14:29
  • 623

Түркия Республикасы Президенти рәсмий сапар менен Өзбекстанға келеди

Түркия Республикасы Президенти рәсмий сапар менен Өзбекстанға келеди
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усынысына муўапық Түркия Республикасының Президенти Режеп Таййип Эрдоған 29-30-март күнлери рәсмий сапар менен елимизге келеди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Жоқары мәртебели мийман сапар шеңберинде жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Түркия стратегиялық шериклик кеңесиниң екинши жыйналысында қатнасады.

Өзбекстан ҳәм Түркия жетекшилери өткеретуғын сөйлесиўлердиң күн тәртибинен еки тәреплеме дослық және стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў, мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған.

Тийкарғы итибар саўда, инвестициялар, инновациялар, санаат, логистика, туризм ҳәм экономиканың басқа тармақларында қоспа кооперациялық жойбарларды илгери сүриў, мәдений-гуманитар алмасыў бағдарламаларын әмелге асырыўға қаратылады.

Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алмасылады.

Саммит жуўмағында Қоспа баянат ҳәм бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер қабыл етилиўи жобаластырылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған