Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.03.2022 11:33
  • 626

1-апрельден баслап балалар бақшалары бойынша қандай өзгерислер әмелге енгизилиўи күтилмекте?

1-апрельден баслап балалар бақшалары бойынша қандай өзгерислер әмелге енгизилиўи күтилмекте?
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, усы жылдың 1-апрель күнинен баслап мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплерге перзентлерин жиберип атырған ата-аналардың айына 3 миллион сумға шекемги болған төлемлери дәрамат салығынан азат етиледи.

Соның менен бирге, усы пәрман тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында 1-4-класс оқыўшылары бийпул аўқат (азанғы чай ҳалқас ямаса түслик) пенен тәмийинленеди.

Президенттиң 2022-жыл 7-марттағы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, бағыўшысынан айрылған ҳаял-қызлардың:

- перзентлери мәмлекетлик бақшаларға төленетуғын ата-аналар төлеминен азат етиледи;
- 3 жасқа толмаған перзентлери ушын мәмлекетлик емес бақшаларға бюджеттен субсидиялар ажыратылады.

Сондай-ақ, усы пәрман тийкарында толық қуўатлылық пенен жумыс ислемей атырған мәмлекетлик бақшаларға 2 жастан 3 жасқа шекемги балаларды пуллы хызмет көрсетиў тәризинде қабыллаўға рухсат бериледи.

Кешки сменада ҳаял-қызлар жумыс ислейтуғын кәрхана ҳәм шөлкемлер өзлериниң қасынан бақша шөлкемлестиргенде, олардағы тәрбияшылардың мийнет ҳақысы бюджеттен қаплап бериледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған