Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.03.2022 11:34
  • 574

Қандай жағдайларда сырт ел жоқары оқыў орынларының дипломы Өзбекстанда тән алынбайды?

Қандай жағдайларда сырт ел жоқары оқыў орынларының дипломы Өзбекстанда тән алынбайды?
Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 24-июльдағы 620-санлы қарары тийкарында тастыйықланған Сырт мәмлекетлерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў тәртиби ҳаққындағы режеге муўапық сырт еллерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлер төмендеги жағдайларда тән алынбайды:

- сырт мәмлекетте билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжет берилген мәмлекетте оның ийесине Өзбекстан Республикасындағыға салыстырғанда билим алыў ҳәм (ямаса) кәсиплик хызмет пенен шуғылланыў ушын кем ҳуқықлар берилген болса (ҳүжжет ийеси билимлендириўдиң кейинги басқышында оқыўын даўам еттириў, кәсиплик хызмет пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе болмаса);

- жоқары мағлыўмат Өзбекстан Республикасы нызамшылығында нәзерде тутылмаған тәлим түрлеринде алынған болса;

Жоқары билимлендириў басқышларында:

- бакалавриат бойынша оқыў мүддети үш жылдан кем болса ямаса Европа билимлендириў системасы тийкарында оқыў даўамында 240 тан кем кредит топлаған болса;

- магистратура бойынша оқыў мүддети бир жылдан кем болса;

- бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери қосып оқытылатуғын билимлендириў бағдарламалары бойынша билим алғанда улыўмалық оқыў дәўири үш жылдан кем болса.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...