Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.04.2022 16:11
  • 625

Төрт сааттың ишинде Қарақалпақстанның бир қатар аймақларында жети өрт келип шықты

Төрт сааттың ишинде Қарақалпақстанның бир қатар аймақларында жети өрт келип шықты
Усы жылдың 1-апрель күни саат 12:30 ҳәм саат 16:30 лар шамасында республикамыз аймағында 7 өрт жағдайы жүз берди.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топары баслығы, капитан Айбек Абдирахмановтың бизге мәлим етиўинше:

- Қоңырат районында 70 квадрат метр;
- Қараөзек районында 70 квадрат метр;
- Қанлыкөл районында 60 квадрат метр;
- Тахтакөпир районында 40 квадрат метр;
- Нөкис районында 35 квадрат метр;
- Хожели районында 20 квадрат метр;
- Нөкис қаласында 20 квадрат метр көлеминдеги аймақлар өрттен зыянланған.
Төрт сааттың ишинде Қарақалпақстанның бир қатар аймақларында жети өрт келип шықты
Төрт сааттың ишинде Қарақалпақстанның бир қатар аймақларында жети өрт келип шықты
Мәлим болыўынша, жүз берген барлық өртлер пуқаралардың малқораларында жүзеге келген.

- Өртлердиң анық себеби ҳәм материаллық зыяны сорастырыўлар даўамында анықланады. Бирақ, тийкарғы болжаўларға муўапық, барлық өртлерге ҳаўа температурасының көтерилиўине байланыслы пуқаралардың абаданластырыў жумысларын алып барып, шығындыларды өртеп, қараўсыз қалдырғанлығы себеп болған болыўы мүмкин.
Төрт сааттың ишинде Қарақалпақстанның бир қатар аймақларында жети өрт келип шықты
Өртлер ақыбетинде пуқаралардың жәми 4 бас үй ҳайўанлары (соннан, бир бас ешек, 3 бас қарамалы) набыт болған. Дене жарақатын алған яки қайтыс болған пуқаралар жоқ.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы пуқаралардан абаданластырыў жумысларын алып барған ўақытта шығындыларды өртеп, қараўсыз қалдырмаўды сорай отырып, шығындыларды өртеп, ҳаўаны патаслаў ҳәм өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етпеў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болатуғынлығын ескертеди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған