Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.04.2022 18:43
  • 727

Эксперт: Қазақстанда унның баҳасы кескин қымбатлаўы мүмкин

Эксперт: Қазақстанда унның баҳасы кескин қымбатлаўы мүмкин
Қазақстан бийдайды қайта ислеўшилер аўқамының президенти Евгений Ган мәмлекетте унның баҳасы кескин қымбатлаўы мүмкин екенлигин тастыйықлады, - деп жазбақта «Zakon.kz» басылымы.

Евгений Ганның атап өтиўинше, Россия Евразия экономикалық аўқамы мәмлекетлерине ғәлле сатыўды қадаған етиўине шекем Қазақстан базарында ҳәм жергиликли, ҳәм Россияның бийдайы болған. Бирнеше факторлар себепли россиялылардың бийдайы бирқанша арзан болған. Қазақстанда бир тонна бийдай 115-118 мың теңге дөгерегинде сатылған.

Россия Евразия экономикалық аўқамы мәмлекетлерине бийдай экспортын қадаған еткеннен соң Қазақстанның ишки базарына Россияның арзан бийдайы келиўи тоқтады. Ақыбетинде жергиликли бийдайдың баҳасы ишки базарда кескин қымбатлап, ҳәзирги ўақытта тоннасы 150 мың теңге дөгерегинде сатылмақта.

Қәнигениң мәлим етиўинше, бийдай баҳасының усындай 25 процентке қымбатлаўы тиккелей унның баҳасына тәсир етеди.

Бүгинги күнде қазақстанлы ислеп шығарыўшылар жаңа баҳадағы бийдайдан ун шығарыўды баслады ҳәм бул унның баҳаларында да өзгерислерди келтирип шығармақта. Унның баҳасы бир тегис көтерилип бармақта. Социаллық нан баҳасы сақланып қалғаны менен, басқа нан өнимлериниң баҳасы қымбатласыўы анық, - деген Евгений Ган.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...