Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.04.2022 12:02
  • 673

Президент қарарына муўапық Нөкис кәншилик институты шөлкемлестирилди

Президент қарарына муўапық Нөкис кәншилик институты шөлкемлестирилди
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарардың толық тексти Қарақалпақстан хабар агентлигинде жәрияланды.

Қарарға муўапық, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети етип қайта шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалы негизинде – Нөкис кәншилик институты шөлкемлестирилди.

Қарар тийкарында:

- Университет ҳәм оның жанындағы Нөкис кәншилик институтына студентлерди қабыллаў параметрлери ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы шеңберинде анықланады;

- Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты ҳәм оның Нөкис филиалының студентлери оқыўын тийислилиги бойынша университет және оның жанындағы Нөкис кәншилик институтында даўам еттиреди;

- Университет, оның жанындағы Нөкис кәншилик институты, Кармана ҳәм Ғазған политехника техникумлары тийислилиги бойынша Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты, оның Нөкис филиалы, Кармана хызмет көрсетиў ҳәм сервис техникумы ҳәм Нурата санаат-кәншилик колледжиниң ҳуқықлары, миннетлемелери менен шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасқоры болып есапланатуғыны белгиленди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў