Telegram karinform

Сиясат

  • 07.04.2022 11:50
  • 792

Жоқарғы Кеңесте жаңа комитет шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды

Жоқарғы Кеңесте жаңа комитет шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды
Бүгин, 7-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма жетинши сессиясы болып өтпекте. Сессия Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылды.

Жоқарғы Кеңес мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, сессия күн тәртибине муўапық ҳәрекеттеги 14 нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилип, соның ишинде, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Нызамы 20-статьясының алтыншы бөлиминдеги комитетлер атамасына тийисли өзгерислер киргизилди.
Киргизилген өзгериске муўапық, еки комитеттиң атамасы өзгертилди ҳәм жаңадан бир комитет шөлкемлестирилди.

Яғный, Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар, инновация ҳәм туризм мәселелери комитети – Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети болып өзгертилди.

Сондай-ақ, Жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў мәселелери бойынша комитет шөлкемлестирилди.
Жоқарғы Кеңесте жаңа комитет шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды
Усы комитеттиң баслығы лаўазымына 48-санлы «Жиңишке» сайлаў округинен депутат Шарап Отемисов сайланды.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...