Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.04.2022 18:09
  • 4477

Инглис тилин оқытыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша халықаралық конференция өз жумысын баслады

Инглис тилин оқытыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша халықаралық конференция өз жумысын баслады
Бүгин, 8-апрель күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тәрепинен АҚШтың Өзбекстандағы Елшиханасының «English Access Microscholarship Program» грант жойбары шеңберинде «XXI әсирде инглис тилин оқытыў көнликпелерин раўажландырыў» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция өз жумысын баслады.

Конференцияға АҚШ Елшиханасының ўәкиллери, ўәлаятлардағы жойбарлардың координаторлары ҳәм инглис тили пәни оқытыўшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Инглис тилин оқытыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша халықаралық конференция өз жумысын баслады
Конференцияны институт ректоры Байрамбай Отемуратов ашып берип, бүгинги күнде елимизде шет тиллерин оқытыўда заманагөй педагогикалық технологиялардан пайдаланған ҳалда оқытыўдың алдынғы усылларын қолланыў, шет тиллерин терең меңгерген ҳәм усы тиллерде өз пикирлерин еркин билдире алатуғын маман кадрлар таярлаў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине жеткенлигин атап өтти. Өткерилип атырған конференция инглис тилин оқытыўда үлкен тәжирийбе алмасыў майданы, сондай-ақ, тараўдағы машқалаларды сапластырыў, оқытыў процесин буннан былай да жетилистириў ушын зәрүр усыныслар ислеп шығыўда әҳмийетли екенлигин атап өтип, конференция жумысларына ҳәм қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

Илажда АҚШтың Өзбекстандағы Елшиханасы ўәкили Аманда Хобсон, координатор Феруз Акобиров шығып сөйлеп, конференцияның әҳмийети ҳаққында жыйналғанларға мағлыўматлар берди. Сондай-ақ, жойбардың Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты бойынша тренери Маурин Руни дөретиўшилик ҳәм қызықлы етип жазыў көнликпелерин арттырыў бойынша презентация иследи.
Инглис тилин оқытыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша халықаралық конференция өз жумысын баслады
Инглис тилин оқытыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша халықаралық конференция өз жумысын баслады
АҚШ Елшиханасы жәрдеминде усы жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында, сондай-ақ, Өзбекстанның барлық ўәлаятларында филиаллары ашылған болып, ол жерлерде 13-17 жас аралығындағы балаларға инглис тилин оқытыў ҳәм көнликпелерин арттырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

- Бүгинги күнде оқыўшыларға XXI әсир көнликпелери ҳәм усыллары жәрдеминде инглис тилин оқытыўдың әҳмийети жоқары. Бизиң баслы ўазыйпамыз оқытыўшылардың заманагөй информациялық технологиялардан пайдаланыў көнликпелерин, виртуаллық оқытыў бойынша инновацияларды раўажландырыўдан ибарат. Бүгинги өткерилип атырған конференция қатнасыўшылар бири-бири менен өз ара тәжирийбе алмасып, инглис тилин оқытыўда жаңа усыллар, технологияларды өзлестириўи менен әҳмийетли, - дейди институттың инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти, жойбар координаторы Дина Мамырбаева.
Инглис тилин оқытыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша халықаралық конференция өз жумысын баслады
Инглис тилин оқытыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша халықаралық конференция өз жумысын баслады
Инглис тилин оқытыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша халықаралық конференция өз жумысын баслады
Конференция өз жумысын секцияларға бөлинген ҳалда даўам еттирди.

Конференция ертең, 9-апрель күни өз жумысын жуўмақлайды.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...