Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.04.2022 10:13
  • 1935

Хожелиде ҳаял кишкене қызларына азап берген жағдайы бойынша жынаят иси ашылды

Хожелиде ҳаял кишкене қызларына азап берген жағдайы бойынша жынаят иси ашылды

9-апрель күни социаллық тармақларда намәлим ҳаялдың жас балаларға азап берип атырғаны сәўлеленген видеокөринис тарқалды ҳәм кең түрдеги пикир-таласларды, наразылықларды келтирип шығарды.

Видеода ҳаял кишкене балаларға күшли басым өткерип атырғаны, ақыретлегени, ҳәттеки қол көтергени сәўлеленген.

Жағдай бойынша Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызмети рәсмий мағлыўмат берди.

Атап өтилиўинше, 29-март күни Хожели районында жасайтуғын пуқара А.А. районлық ИИБ баслығының атына арза менен мүрәжат етип, 2021-жылдың июль айларынан баслап өмирлик жолдасы менен арасындағы өз ара келиспеўшилик себепли ҳаял өзиниң ержетпеген еки қызын урып, оларға азап берип киятырғаны, сол себепли оған нызамлы шара көриўге әмелий жәрдем бериўди сораған.

Соның менен бирге, усы жылдың 9-апрель күни социаллық тармақларда тарқалған видеокөринисте ҳаял тәрепинен өзиниң ержетпеген перзентлери 2017-жылы туўылған Х.Ш.ны ҳәм 2019-жылы туўылған Х.А.ны ҳәр қыйлы сөзлер менен ақыретлеп, олардың қорғалмаған аўҳалда екенлигин биле турып, урып атырғаны сәўлеленген.

«Ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы ЖКның 110-статьясы 2-бөлими «а, в» бәнтлери менен жынаят иси ашылып, гүманланыўшы Х.Ф.ға процессуал шеклеў шарасын белгилеў мәселеси көрилмекте»,-деп жазылған ИИМ хабарында.

Бул ўақыя бойынша Хожели районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети де рәсмий мағлыўмат берип, район ҳәкимлиги ҳәм прокуратура тәрепинен айрықша қадағалаўға алынғаны, балалар ҳуқықларын қорғаў ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер менен биргеликте арнаўлы жумысшы топар дүзилип, кешиктирип болмайтуғын жумыслар әмелге асырылып атырғанын мәлим етти.

«Нәтийжеси ҳаққында социаллық тармақлар арқалы халыққа қосымша мағлыўмат берип барылады»,-деп жазды ҳәкимлик мәлимлеме хызмети.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет