Telegram karinform

Спорт

  • 01.01.2000 00:00
  • 304

Азия чемпионаты медальлары ушын беллесиўлерге түсетуғын қарақалпақстанлы палўан қызлар мәлим болды

Алдын хабар бергенимиздей, Монголия пайтахты Улан-Батор қаласында спорт гүреслери бойынша Азия чемпионаты болып өтпекте.

Еркеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында өткерилип атырған континент бириншилигинде Өзбекстан сайланды командасы қурамында Қарақалпақстаннан 9 спортшы (соннан еки ер спортшы, 7 ҳаял-қызлар) қатнаспақта. Еркеклер арасында -87 кг салмақ категориясында жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов Азия чемпионатының гүмис медалына ийелик еткен болса, қызлар арасында айланба системасында өткен сайлап алыў беллесиўлеринен соң медальлар ушын гүрес алып баратуғын қарақалпақстанлы палўанлар мәлим болды.

-53 кг салмақта жерлесимиз Ақтеңге Кеўнимжаева Азия чемпионатының бронза медалы ушын қазақстанлы Жулдыз Ешимова менен беллесиўге түссе, -62 кг салмақ бойынша және бир қарақалпақстанлы спортшы Набира Есенбаева гилем ийеси, монголиялы Хонгорзул Болдсаихан менен гүрес алып барады.

Континент бириншилигинде сайланды команда қурамында қатнасқан жерлеслеримиз Сәрбиназ Жийенбаева, Дилфуза Айымбетова, Азада Есбергенова, Валентина Төрениязова ҳәм Арыўхан Жумабаевалар медальлар ушын гүрестен шығып кетти.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 23-24-апрель күнлери аралығында еркин гүрес бойынша өткерилетуғын жарысларда -92 кг салмақта және бир жерлесимиз Әжинияз Сапарниязов беллесиўлер алып барады.

Қарақалпақстанлы спортшыларға жарыста әўмет яр болыўын тилеймиз.

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

 

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...