Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.04.2022 17:00
  • 507

Тест сынағы ушын төлем өндирилмейтуғын абитуриентлер категориясы кеңейди

Көпшиликтиң хабары бар, Президенттиң 2019-жыл 14-майдағы ПҚ-4319-санлы қарары тийкарында тест сынақлары шөлкемлестирилип атырған оқыў жылынан алдынғы жылларда билимлендириў мәкемелерин питкерген абитуриентлерден тест сынақларында қатнасыўы ушын базалық есаплаў муғдарының ярым есеси муғдарында төлем өндириледи.

 

 

Бунда төмендеги категориядағы абитуриентлерден төлем өндирилмейтуғынлығы белгиленген еди:

- тест сынақлары шөлкемлестирилип атырған жылда билимлендириў мәкемелерин питкерген абитуриентлер;

- майыплығы болған адамлар;

- толық мәмлекетлик тәмийнаттағы адамлар («Меҳрийбанлық» үйи ҳәм Балалар қалашасының питкериўшилери).

 

Мәмлекетлик тест орайының хабар бериўинше, Президенттиң 2022-жыл 20-апрельдеги ПФ-113-санлы пәрманына муўапық төмендеги 2 категориядағы абитуриентлер де тест сынағы ушын төлемнен азат етилди:

- «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған адамлар ҳәм олардың перзентлери;

- «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар.

 

Солай екен, 2022-жыл 1-июньнан баслап усы 2 категориядағы абитуриентлерден де тест сынағы ушын төлем өндирилмейди.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған