Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.04.2022 18:00
  • 526

Нөкисте ыссыхана шөлкемлестириў ушын ажыратылған жер майданын бөлип сатып жиберген пуқара анықланды

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте жер ресурсларының талан-тараж етилиўиниң алдын алыў бойынша бир қатар жумысларды әмелге асырмақта.

 

Атап айтқанда, 2022-жыл 18-апрель күни пуқара К.Т. арза менен мүрәжат етип, Нөкис қаласында жасайтуғын Е.П. «Алланияз қаҳарман» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан ыссыхана қурыў ушын ажыратылған 73 сотых қара жер майданынан 9 сотых жер майданын 170 миллион сумға сатпақшы екенлигин ҳәм Республикалық кадастр агентлигинде ислейтуғын таныслары арқалы рәсмийлестирип бериўге исендирип, пулларды талап етип атырғанын билдирген.

 

Бас прокуратура баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, усы арза тийкарында өткерилген оператив илажда Е.П. арза бериўши К.Т.дан талап еткен 170 миллион сумның 80 миллион сумын «Алланияз қаҳарман» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.

 

Анықланыўынша, Е.П.ға бул жер майданы 2016-жыл 15-июньда Нөкис қаласы ҳәкиминиң қарарына муўапық ыссыхана қурыў ушын ажыратылған, бирақ ыссыхана қурмастан жәми 6 000 квадрат метрлик жер майданын 4,5 сотыхтан бөлип сатып жиберген.

 

Усы жағдай бойынша тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта,-деп жазылған хабарда.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған