Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.04.2022 14:00
  • 709

Магистратураға қабыллаўда әҳмийетли өзгерис болыўы күтилмекте

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов магистратураға оқыўға қабыллаўда қәнигелик пәнлерден имтиханларды бийкар етиў тәртиби көрип шығылып атырғанын билдирди. Бул ҳаққында министр Қаршы мәмлекетлик университети студентлери менен болған ушырасыўда мәлим еткен, деп жазды ӨзА.

 

Ушырасыўда министрге магистратураға оқыўға кириў ушын шет тилин билиў дәрежеси ҳаққындағы сертификат мәжбүрий етилгени ҳаққында сораў берилген.

 

«Усы сораўға жуўап бериў тийкарында сизлерди жаңа өзгерис ҳаққында хабарландырмақшыман. Быйыл магистратураға оқыўға кириў ушын қәнигелик пәнлерден имтиханларды бийкар етиў тәртибин көрип шығып атырмыз. Өзи бунысыз да студент 8 семестр даўамында қәнигелик пәнлерден зәрүр көнликпе ҳәм билимди ийелейди», - деп жуўап берген министр.

 

А.Тошқуловтың сөзлерине қарағанда, магистратура қәнигеликлери бойынша оқыўға кириў ушын шет тилин билиў дәрежеси ҳаққындағы сертификат ҳәм бакалавр дипломының орташа балы есапқа алынады. Ҳәзирше бул усыныс үйренип шығылып атырғаны атап өтилген.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...