Telegram karinform

Қарақалпақстан

  • 26.04.2022 12:00
  • 790

Қандай категориядағы ҳаял-қызларға жоқары оқыў орынларына грант тийкарында кириўге усыныснама бериледи?

 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-июньдағы 402-санлы қарарына муўапық, жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызларға жоқары оқыў орынларына кириўде мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў шеңбериндеги таңлаўда қатнасыў ушын усыныснама бериледи.

 

Усыныснама төмендеги критериялар тийкарында бериледи:

 

- кем тәмийинленген шаңарақлардағы ҳаял-қызлар;

 

- толықсыз шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный әкеси ямаса анасы я болмаса олардың екеўи де қайтыс болған социаллық қорғаўға мүтәж қызлар;

 

- өмирлик жолдасы қайтыс болған, ержетпеген перзентин жалғыз тәрбиялап атырған социаллық қорғаўға мүтәж ҳаяллар;

 

- майып перзенти бар жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар;

 

- 2 ҳәм оннан аслам перзентин тәрбиялап атырған, жақын ағайинлеринен бөлек жасап атырған жалғыз ҳаяллардың қыз перзентлери;

 

- ата-аналарының бири ямаса ҳәр екеўи де I ямаса II топар майыплығы болған жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар.

 

Усыныснама алыў ушын район (қала)лық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлерине электрон тәризде мүрәжат етиледи.

 

Хабибулла Ибадуллаев,

ҚМУ мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 2-курс студенти.

Karinform.uz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...