Telegram karinform

Сиясат

  • 30.04.2022 14:00
  • 739

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына 15 миллион сум мағдарында пул сыйлықлары бериледи

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 29-апрель күнги «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Екинши жәҳән урысы катнасыўшылары ҳәм майыплардың ҳәр бирине 15 000 000 (он бес миллион) сум муғдарында бир мәртелик пул сыйлығының берилиўи белгиленди.

Мәмлекетимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин ҳәр жылы кең түрде байрамлаў, соның менен бирге, Екинши жәҳән урысында қайтыс болған бабаларымыз естелигине терең ҳүрмет көрсетип, фашизмге қарсы саўашларда, мийнет фронтында пидайылық көрсеткен мақтанышларымызға өз алдына итибар ҳәм ҳүрмет көрсетиў, жасларды руўхый-этикалық тәрептен тәрбиялаўға үлес қосып атырған мақтанышларымызды қәдирлеў ҳәм урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын материаллық хошаметлеў үрдиске айланған.

Пәрманда келтирилиўинше, усы пәрманды орынлаў менен байланыслы болған қәрежетлер Өзбекстан Республикасының республикалық бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекет қәўипсизлик хызмети, Финанс министрлиги, Мәденият министрлиги, Мәҳәлле ҳәм қарыяларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте Екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары ҳәм майыпларына бул пул сыйлығының салтанатлы ҳәм байрамға сай тапсырылыўы тәмийнлениўи кереклиги белгилеп берилген. Пәрманның орынланыўын бақлаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов мойнына жүклетилген

Меҳрийбану Дәўлетмуратова

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,