Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.05.2022 19:00
  • 585

Медициналық оқыў орны студентлери ушын министр стипендиясы енгизилди

Елимизде медициналық оқыў орынлары студентлери ушын «Денсаўлықты сақлаў министри стипендиясы» енгизилди. Бул ҳаққында министрдиң тийисли буйрығы қабыл етилди. Оған муўапық, бул стипендия бакалавриат ҳәм магистратура басқышында тәлим алып атырған жасларға бериледи.

Бул ҳәр бир медициналық тәлим мәкемесиниң 5 адамға шекемги талабанына бир жыл даўамында ажыратылады.

Бул стипендияға талабанларды танлаў ҳаққындағы дағаза таңлаў өткерилиўинен кеминде 1 ай алдын баспасөзде хабарланады.

Талабанлар тәрепинен арзалар 11 медициналық жоқары оқыў орнының «Жаслар менен ислесиў, мәнаўият ҳәм ағартыўшылық бөлими»не усынылады.

Ҳүжжетлер нәўбеттеги басқышында министрликтиң Илим ҳәм билимлендириў басқармасы тәрепинен көрип шығылғаннан соң, министр буйрығы тийкарында бериледи.

Стипендия муғдары Ибн Сина атындағы мәмлекетлик стпендияның муғдарына теңлестирилген.

 

Перуза Якупбаева

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған