Telegram karinform

Спорт

  • 19.12.2017 00:40
  • 2346

Өзбекистан кубоги беллесиўлеринде қарақалпақ палўанлары 3-орынды ийеледи



Усы жылдың 13-14-декабрь күнлери Ташкент қаласындағы ЖАР спорт комплексинде миллий гүрес бойынша командалар арасында Өзбекистан кубоги беллесиўлери болып өтти.
Онда Өзбекистанның барлық регионлары – Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятларынан жәми 14 сайланды команда қатнасты.
Беллесиўлер жуўмағына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы командалық есапта 3-орынды ийеледи.



- Өзбекистан кубоги жарысы командалық беллесиўлер формасында өткерилди. Сайланды командамыз қурамында университетимиздиң көплеген үмитли спортшы студентлери де қатнасты. Жеңимпаз болыў ушын бар күш-жигеримизди көрсетиўге ҳәрекет еттик. Республикамыз спортшыларының жақсы нәтийже көрсетиўинде университетимиз студентлериниң үлеси айрықша болды, - дейди жарыс жеңимпазы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура бөлими дене мәденият қәнигелигиниң 2-курс магистранты Нурсулыў Бердахова.
Жарысқа спортшыларымызды тәжирийбели тренерлерден Б.Еримбетов, А.Халиков, Н.Дәнияровлар таярлады.

Ислам МАТЕКОВ.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport