Telegram karinform

Спорт

  • 07.05.2022 19:00
  • 1157

Нөкисте волейбол бойынша Өзбекстан чемпионатының төртинши тур ойынлары болып өтти

Усы жылдың 3-7-май күнлери аралығында Қарақалпақ мәмлекетлик университети спорт сарайында волейбол бойынша XXIX Өзбекстан чемпионатының төртинши тур ойынлары болып өтти.

 

Өткерилген төрт турдың жуўмақлары бойынша Қарақалпақстан Республикасынан қатнасып атырған Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қызлар сайланды командасы улыўма 42 упай менен 1-орында бармақта.

 

Командамыздан соң 40 упай менен Наманган, ал оннан кейинги орынды 39 упай менен Әндижан командасы ийелеп турыпты.

 

Жуўмақлаўшы бесинши тур ойынлары усы жылдың 24-31-май күнлери аралығында Жиззақ қаласында болып өтеди.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, усы жылдың июнь айында волейбол бойынша Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы Таиландта болып өтетуғын Азия чемпионаты ҳәм Challenge кубогы жарысына қатнасады. Сайланды командаға спорт ветераны Азат Казаков тренерлик етеди.

 

Әҳмийетлиси, НМПИ командасының 3 ойыншысы – Дене мәденияты факультети 3-курс студентлери Н.Рейимбаева ҳәм У.Турғанбаева, сондай-ақ, 2-курс магистранты А.Жолдасбаевалар Өзбекстан сайланды командасы қурамында усы жарысларға қатнасыўы күтилмекте.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған