Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.05.2022 11:00
  • 860

Қазақстанда ЖТҲға ушыраған автобус Нөкистен жолға шықпағаны мәлим етилди. Жәбирленгенлер Өзбекстанға алып келинди

 

Усы жылдың 12-май күни Қазақстан Республикасының Жамбыл ўәлаятында жолаўшы автобусы қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бергенлиги, «Нөкис-Алматы» жөнелиси бойлап ҳәрекетленип баратырған автобуста 53 жолаўшы, соның ишинде, 47 Өзбекстан пуқарасы болғанлығы, ўақыя ақыбетинде 2 Өзбекстан пуқарасы қайтыс болғанлығы ҳаққында хабар берилген еди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети ўақыя бойынша анықлық киргизип, жол-транспорт ҳәдийсесине ушыраған «Mironshox Grand Trans» ЖШЖға тийисли мәмлекетлик белгиси 01/314VFA болған «YUTONG» маркалы автобустың Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳәрекетленбегенлиги, 11-12-май күнлери «Нөкис-Алматы» жөнелиси бойлап басқа автобуслардың ҳәрекетленгенлигин мәлим етти.

 

Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң хабар бериўинше, ўақыя ақыбетинде жәбирленген Өзбекстан пуқаралары 14-май күни Өзбекстан-Қазақстан шегарасындағы «Ғишткўприк» бажыхана посты арқалы Өзбекстанға алып келинген.

 

 

Қайтыс болған еки пуқараның мейитлери жасаў орынлары – Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларына жиберилген. Соның менен бирге, 14-май күни бахытсыз ҳәдийсе ақыбетинде және бир пуқара қайтыс болған. Ҳәзирги ўақытта қайтыс болған пуқараны алып келиў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте.

 

Алып келинген 23 пуқарадан жарақатланған 18 пуқара Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайына орналастырылған, 5 пуқараның аўҳалы жақсы болғанлығы себепли үйлерине жуўап берилген.

 

 

«Ҳәзирги ўақытта орайға орналастырылған пуқаралардың аўҳалы шыпакерлердиң қатаң қадағалаўында болып, тийисли емлеў жумыслары алып барылмақта»,-деп жазылған хабарда.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған