Telegram karinform

Мәденият

  • 17.05.2022 12:00
  • 949

«Евровидение-2022» қосықлар таңлаўында Украиналы қатнасыўшылар жеңимпаз болды (+видео)

 

«Евровидение-2022» 66-қосықлар таңлаўы Италияның Турин қаласында болып өтти. Таңлаўдың биринши ҳәм екинши ярым финалы 10 ҳәм 12-май күнлери ал, финал басқышы 14-май күни өткерилди. Онда 40 мәмлекеттен қатнасыўшылар өзлериниң қосықларын атқарып шықты. Армения бир жыллық, Черногория еки жыллық үзилистен соң және таңлаўда қатнасқан болса, Россия Федерациясы Украина менен мүнәсибетлеринен соң таңлаўдан шетлетилген.

Таңлаўда Kalush Orchestra топарының «Stefania» қосығы менен Украина жеңимпаз деп табылды. Бул Украинаның таңлаўдағы 2004 ҳәм 2016-жыллардан соңғы үшинши жеңиси есапланады.

Таңлаўда украин тилинде атқарылған қосыққа телетамашагөйлердиң 439 баллық даўысы таңлаў тарийхындағы рекорд дәреже есапланады. Таңлаўда Уллы Британия екинши ҳәм Испания үшинши орынларды ийеледи.

 

 

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...