Telegram karinform

Экономика

  • 23.05.2022 12:00
  • 652

Июнь айынан баслап автомобиль басқарыўшылары ушын жәриймалар муғдары арттырылады

 

Президенттиң тийисли пәрманына тийкарланып, 2022-жылдың 1-июнь сәнесинен баслап бюджет мәкемелери хызметкерлериниң ис ҳақы 12% ке арттырылыўы ҳаққында хабар берилген еди. Бул болса туўрыдан-туўры автомобиль басқарыўшыларының қағыйда бузыў жағдайлары ушын төленетуғын жәриймалар муғдарына да тәсир етти.

Тийкарынан:

Қәўипсизлик белбеўин тақпаў - 150 000 сум (125-статья);

Телефоннан пайдаланыў - 900 000 сум (128-1-статья);

Телевизордан пайдаланыў - 300 000 сум (128-2-статья);

Тезликти арттырыў - 1 500 000 сумнан 5 850 000 сумнан 10 300 000 сумға шекем;

Қызыл реңде тоқтаў сызығын басыў - 150 000 сумнан 1 500 000 сумға шекем (128-4-статья);

Тоқтап турыў қағыйдасын бузыў - 600 000 сум (128-6-статья);

Транспортты ҳүжжетсиз басқарыў - 300 000 сум (135-статья);

Қамсызландырыўсыз машинаны басқарыў - 150 000 сум (135-1-статья);

Насаз транспорттан пайдаланыў - 900 000 сумнан 1 500 000 сумға шекем (139-статья);

Спиртли ишимлик тәсиринде болған автомобиль басқарыўшыға транспортты бериў 25 есе (7 500 000 сум) - (131-статья халық тилинде «01»);

Мәс екенлигин тексертиўден бас тартыў - 15 есе (4 500 000 сум) (136-статья);

Мәс ҳалда автомобиль басқарыў - 25 есе (7 500 000 сум) - (131-статья халық тилинде «01»);

Авариядан соң ўақыя орнынан кетип қалыў - 30 есе (9 000 000 сум);

Пиядалар жолынан жүриў - 150 000 сум (128-статья);

Сигнал ҳәм фара қағыйдасын бузыў - 300 000 сум (127-статья);

Айналарды қарайтырыў (руқсатнамасыз тонировка) - 7 500 000 сум (126-статья);

Темиржолдан өтиў қағыйдасын бузыў - 900 000 сумнан 1 500 000 сумға шекем (130-статья);

Топар болып ҳәрекет етиў - 900 000 сумнан 1 500 000 сумға шекем (129-статья);

Авария жағдайын келтирип шығарыў - 3 000 000 сум (128-5-статья);

ДАН хызметкери талабын орынламаў - 300 000 сумнан - 3 600 000 сумға шекем (194-статья);

Пиядалар жол қағыйдасын бузыўы - 100 000 сум (138-статья).

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал