Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.06.2022 11:00
  • 847

Абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды

 

Бүгин, 20-июнь күнинен баслап 2022-2023-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды.

 

Мәмлекетлик тест орайының мәлим етиўинше, бул процессте абитуриентлер телефон номерин авторизациядан өткерип, паспорт мағлыўматлары, турақлы жасаў мәнзили ҳәм питкерген билимлендириў мәкемеси бойынша мағлыўматларды киргизиўи, сондай-ақ, жеңилликлери болған жағдайда, оларды тексериўи ҳәм шет тилинен миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болса, сертификат мағлыўматларын киргизиўи мүмкин.

 

Билимлендириў бағдарларын болса 2022-2023-оқыў жылы ушын қабыллаў параметрлериниң билимлендириў тиллери бойынша бөлистирилиўи тастыйықланғаннан соң сайлаўы мүмкин болады.

 

Абитуриентлерди дизимге алыў:

 

- Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайты;

- Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы – my.gov.uz арқалы онлайн тәризде әмелге асырылады.

 

Дизимге алыў 20-июльға шекем (сол күни де) даўам етеди ҳәм абитуриентлер 20-июльға шекем өз мағлыўматларын өзгертиўи және шет тилинен миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болатуғын болса, сертификат мағлыўматларын киргизиўи мүмкин болады.

 

Шет тилинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилетуғын бакалавриат билимлендириў бағдарларына онлайн дизимге алыў болса 10-июльға шекем (сол күни де) әмелге асырылады.  

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...