Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.08.2022 15:00
  • 649

Екинши қәнигеликке ҳүжжетлерди қабыллаў бүгин жуўмақланады

 

Усы жылдың 20-июль күнинен баслап республикамыздағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат бойынша оқытыўға талабанлардан арзалар Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ikkinchitalim.edu.uz платформасы арқалы онлайн тәризде қабылланып баслаған еди.

 

Бүгин, 10-август күни усы процесс жуўмақланады, яғный, бүгин екинши қәнигеликке ҳүжжет тапсырыўдың соңғы күни болып есапланады.

 

Талабанлар көрсетилген платформа арқалы:

- өзиниң паспорт мағлыўматлары, физикалық тәрептиң жеке идентификациялық номери ҳаққындағы мағлыўматларды киргизеди;

- диплом ҳәм оның қосымшасының электрон нусқасын жүклейди;

- сондай-ақ, оқыўды мақсет еткен жоқары оқыў орны ҳәм тәлим бағдарын сайлайды.

 

Бул процессте сырт еллердиң оқыў орынларының 1992-жыл 1-январьдан кейин берилген дипломлары белгиленген тәртипте нострификациядан өткерилген болыўы керек.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат бойынша оқытыў төлемли контракт тийкарында әмелге асырылады.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма