Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.08.2022 15:00
  • 795

Қарақалпақстанда және бир жөнелис бойынша жолаўшы поездының қатнаўы жолға қойылмақта

 

Қарақалпақстан Республикасының Мискин, Төрткүл, Елликқала районлары халқына еле де көбирек темир жол хызметлерин көрсетиў мақсетинде усы жылдың 10-август күнинен баслап 2 вагоннан ибарат «Қоңырат-Мискин-Қоңырат» жөнелиси бойынша қалалар аралық жолаўшы поездының қатнаўы жолға қойылмақта. Бул ҳаққында ҚР Транспорт министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, бул вагонлар 54-53-санлы «Ташкент-Қоңырат-Ташкент» жолаўшы поезды ҳәрекетленетуғын күнлери 35-, 36-улыўма тәртип саны менен поезд қурамында ҳәрекетленеди.

 

Атап айтқанда, 2022-жылдың 10-август күнинен баслап 53-санлы «Қоңырат-Ташкент» жолаўшы поездының ақырғы бөлегине вагонлар жалғанады және Қоңырат бәндиргисинен Мискин бәндиргисине шекем ҳәрекетленеди ҳәм Мискин бәндиргисинде тийкарғы поездан үзиледи.

 

2022-жыл 11-август күни 54-санлы «Ташкент-Қоңырат» жолаўшы поездының ақырғы бөлегине вагонлар қосылып, Мискин бәндиргисинен Қоңырат бәндиргисине шекем ҳәрекетленеди.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған